#nukuslive #qaraqalpaqshaqosiq #lyrics #qaraqalpaq #каракалпакшакосыклар #eskiqosiqlar #каракалпакстан #qaraqalpaqstan #qaraqalpaqsha #arxivqosiq
#kaipov #qayipov
#махсетутемуратов #перийзадым #periyzadim #maxsetutemuratov #maxset #dawitbay #sizsuygenqosiq
Перийзадым исенбебем перий болар дегенге
Жау жарықсыз жаулап алып бенде қылар дегенге
Жолым түсип барғанымда өзиң жүрген шәменге
Көзим жетти барлығына, жар салайын әлемге
Излериңде дилгир болған жаным саған бендедур
Пикиримде, қыялымда перийзадым сендедур
Ертектеги перий қызлар артық емес өзиңнен
Нәзер таслап қарайғойсаң, егер мениң көзиме
Әлуан түске шырайланып, сулыулыққа безенген
Бай тәбият алды мекен, сулыулықты өзиңнен
Излериңде дилгир болған жаным саған бендедур
Пикиримде, қыялымда перийзадым сендедур
Зия зулпың тауланғанда, қалтырыйман қамыстай
Басыңқырап айталмайман, сүйдим деген намыстай
Кеуил қусым қайдан ушар, анығырақ таныспай
Көп қорқаман айтқан гәпим, қалама деп алыспай
Жолларыңда дилгир болған жаным саған бендедур
Пикиримде, қыялымда перийзадым сендедур
Алысларға көз жууыртып, отыраман ойланып
Өтер екен тум тусыңнан, хош жигитлер сайланып
Менде жүрмен бағларыңның туу сыртынан айланып
Қоңыраудай сыңғырлаған бир күлкиңе байланып
Жаным сениң сыңғырлаған сеслериңе бендедур
Пикиримде, қыялымда перийзадым сендедур
Излериңде дилгир болған жаным саған бендедур
Пикиримде, қыялымда перийзадым сендедур
28 сен 2024