Бүгин түсте мызғып алайын деп жаттым, көзимди уйқы басып зорға жатырман, бир гезде ядыма, көз алдыма мен сүйген инсан, қатты сағынған адамым келди, ал қулағыма негедур Саламат Қәллибековтың тап усы қосығы еситилип тур. 3-4 қатары есимде қалыпты. Соннан ютубтан гуглдан изледим, С. Қәллибеков "сағынаман өзиңди" деп изледим, жоқ, "сүйип қалдым" деп изледим жоқ. Сөйтип телим қолымнан сыпырылып түсип, уйықлап кетиппен. Уйықлап атырып "Унатқанман өзиңди" деп сол бағанағы музыка еле қайталана берди. Уйқыдан турып, ютубқа С. Қәллибеков "Унатқанман" деп жазсам шықты. Енди ҳәз етип тыңлап отырман. Бул қосықты ақырғы рет қашан еситкеним ядымда жоқ көп болды тв.дамаа, радиода маа еситип туратуғын едим. Рахмет Саламат талантыңызға бәлентлик тилеймен. Бул қосық маған бийкарға аян, саза берип турған жоқ. Тап сүйиклимниң маған қарата айтып атырғанындай болып белги ретинде берилди.❤❤❤❤❤